calendar 20 Mar 12:50
eye 36
comments 0
comments Manba: postda.uz

НАЎРЫЗ–ДОСЛЫҚ ҲӘМ БИРЛИК БЕЛГИСИНЕ ИЙЕ БОЛҒАН УЛЫЎМАХАЛЫҚ БАЙРАМЫ

image

Меҳир-ақыбет ҳәм мүриўбет сыяқлы қәдириятларды өзинде сәўлелендиретуғын Наўрыз ең әййемги байрамлардан есапланады. Тарийхый мағлыўматларға көре, бул байрам 3 мың жылдан артық тарийхқа ийе.

Атап айтқанда, Наўрыз ҳаққында «Авесто» дa көклем гиялары көгерип, тереклер бүртик жара баслағанда сол әтираптағы қара күшлер жеңилиўи айтылады.

Әлийшер Наўайы күн менен түн теңлескен (Куяш есабы менен 21-март) ўақытты былай тәрийплейди

Юз очиб қад бирла сочи тенг эрканин

Зохир ўғлондек тун-у кун тенглиги Наврўздин.

Омар Хайям «Наврўзнома» шығармасында «Қашанки, Ҳамал қасынан өз айланыў дәўири бойлап жолға шыққан күншууўақты аспан және үйине қайтарып келтирсе, оның бастан пәлек сейилине шығыўынан баслап әлемди өзгертип жиберетуғын тарийх басланады» деп жазады. Ал–Ҳаким ат–Термизий болса, өзиниң «Наврўзнома» шығармасында Наўрыз Наўрыз байрамы сыпатламалары барабарында оның келиўи ҳәптениң қайсы күнлерине туўра келсе, жылдың қандай келиўи, дийқаншылық, саўда–сатық ҳәм де басқа тараўларда тәбият ҳәм заманның келбетин аспан жарытқышларының ҳәрекетлери арқалы тийкарлап береди.

Абу Райхан Берунийдиң «Әййемги халықлардан қалған естеликлер», Махмуд Қашғарийдиң «Девони луғат ат–тарийх», Фирдаусийдиң «Шахнама», Абу Бакр Наршахийдиң «Бухара тарийхы» шығармаларында да Наўрыз ҳаққында мағлыўматлар көп.

Ислам тарийхына байланыслы дереклерде де усы күнге байланыслы түсиниклер кең қолланылғанына гүўа боламыз. Мысалы, уллы уламаларымыз фикҳ китапларында халқымыздың дәстүрий ҳәм миллий байрамларын, сол есапта, Наўрызды байрам ретинде белгилеўге пәтўа берген. Сонлықтан, «Фатвои захирия» да бундай делинген: «Наўрыз үш түрли: Наўрыз Жамшидий, Наўрыз Мажусий ҳәм Наўрыз Султоний. Наўрыз Султонийди белгилеў мақбулдур ҳәм ҳеш динге зыяны жоқдур».

Наўрыз Жамшидий әпсанаўий шах Жамшид атына барып тақалса, Наўрыз Султоний атақлы Салжуқий ҳүкимдар Жалолиддин Маликшоҳ аты менен байланыслы. Соның менен бирге, Сасанийлер ҳүкимдары Пируз дәўиринде де трансформация жүзеге келип, байрам Наўрыз Пирузий деп аталған. Бирақ, ат өзгериўине қарамастан, тийкарғы мәниси өзгермеген ҳәм бул күн жаңа жылдың басланыў сәнеси сыпатында белгиленип келинген.

Наўрыз байрамы Аўғаныстан, Албания, Баҳрейн, Иран, Ҳиндистан, Ирак, Азербайжан, Пакистан, Қырғызстан, Қазақстан Сирия, Тәжикстан, Туркия, Түркменстан ҳәм Россия Федерациясының айырым аймақларында кең түрде белгиленеди.

Мәмлекетимизде Наўрыз байрамы рәсмий түрде 1990-жылдан баслап кең нышанланып келинеди. Сондай-ақ, сол жылдан баслап 21-март күни Наўрыз улыўмахалықлық байрам ҳәм дем алыс күни сыпатында белгиленди.

Бул байрам 2009-жыл 30-сентябрде инсаният мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги сыпатында ЮНЕСКО тәрепинен улыўма жәҳән материаллық емес мәдений мийраслар дизимине киргизилди. Соның менен бирге, 2010-жыл 19-февраль күни БМШ Бас Ассамблеясының 64-сессиясында 21-март «Халықаралық Наўрыз күни» деп жәрияланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың атап өткениндей, соңғы «Наўрыз өзиниң өлмес руўхы, улыўма инсаный идеялары менен халқымыз турмысынан барған сайын терең орын ийелемекте». Әлбетте, бул бийкарға емес. Себеби, Наўрыз байрамы түрли халықлар ортасындағы мәдений байланыслар ҳәм өзара бирликти беккемлеў, қоңсышылық мүнәсибетлер, халықлар ортасындағы дослықты беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе.

Усы жылдағы байрам кешелери «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» деген уран тийкарында улыўмахалық сейиллери түринде жоқары дәрежеде кең нышанланады.

«Наўрыз» байрамының жәмийетлик–сиясий әҳмийетин төмендегилерде көриў мүмкин:

Бириншиден, бул байрам мәмлекетшилик ҳаққындағы қарасларды дәслепки белгилерин өзинде сәўлелендиреди. Наўрыз тарийхый жақтан ата-бабаларымыз дәстүрлерин улуғлап, қамус түриндеги бир системаға салған, халқымыздың беккемлениўи ҳәм мәмлекетшилик түсиниклериниң қәлиплесиў барысы менен терең байланыслы.

Екиншиден, Наўрыз жер жүзиниң үлкен бөлеги, атап айтқанда Қытайдан Балкан мәмлекетлерине шекем созылған аймақларда жасап киятырған халықлар тәрепинен бирдей нышанланатуғын байрам. Бул байрамның турақлы ҳәм кең түрде белгилениўи дүньяның бир неше мәмлекетлери ортасындағы мүнәсибетлерге унамлы тәсир етеди.

Үшиншиден, Наўрыз әсирлер даўамында қәлиплескен дәстүр ҳәм қәдириятларды сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериўге үлкен үлес қосады. Бул арқалы болса, түрли әўладлар ортасында өзине тән байланыс пайда болады.

Төриншиден, Наўрыз улыўмахалықлық байрам сыпатында аўызбиршилик, өзара бирдемлик, меҳир-ақыбет сыяқлы инсаный пазыйлетлерди күшейтетуғын ҳәм инсанларды ўатансүйиўшилик, мийнетсүйгишлик, тынышлық, миллетлер аралық татыўлық руҳында тәрбиялаўға хызмет етеди.

Сондай екен, бул байрам өмир бақый қәдириятлар топарына киреди. Бәршемизге жаңаланыў, жасарыў әййямы-Наўрыз мүбарек болсын.

 

 

Шухрат РЎЗИЕВ,

өз хабаршымыз.

 

Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.

 


Doʻstlaringiz bilan ulashing

13 May 14:39
 
67
0
xs.uz

Oʻzbek tili va madaniyati Italiyada targʻib etilmoqda

Alisher Navoiy nomidagi Toshkent davlat oʻzbek tili va adabiyoti universiteti ilmiy ishlar va innovatsiyalar boʻyicha prorektori, filologiya fanlari doktori Nozliya Normurodova hamda universitet huzuridagi 'Oʻzbek maktabi' oʻqituvchisi Durdona Ermatova xalqaro hamkorlikni rivojlantirish maqsadida Italiyaning nufuzli Ka-Foskari universitetiga tashrif buyurishdi.Tashrif doirasida professor Nozliya Normurodova universitet talabalari va professor-oʻqituvchilari uchun 'Oʻzbekistonda oliy taʼli

24 Mar 13:25
 
509
0
xs.uz

Botqoq oʻrnida qad rostlagan gʻaroyib bino

Mir Arab olamga dongʻi ketgan madrasalardan. Men ushbu ilm maskanida tahsil olishga musharraf boʻlganman. U Masjidi Kalonning roʻparasida. Yonida mashhur Minorai Kalon bor. Salobatli madrasa darvozasi nihoyatda goʻzal tarzda turli naqshlar va yozuvlar bilan bezalgan. Ularda koʻk rang ustuvor. Atrofidan dunyoning turli mamlakatlaridan kelgan sayyohlar arimaydi.Shu madrasani qurdirgan Sayyid Abdulloh Yamaniy qabri madrasaga kirishda chap qoʻl tarafda. Bu yerdagi maxsus xilxonada yana bir nec

20 Mar 12:50
 
68
0
postda.uz

НАЎРЫЗ–ДОСЛЫҚ ҲӘМ БИРЛИК БЕЛГИСИНЕ ИЙЕ БОЛҒАН УЛЫЎМАХАЛЫҚ БАЙРАМЫ

Меҳир-ақыбет ҳәм мүриўбет сыяқлы қәдириятларды өзинде сәўлелендиретуғын Наўрыз ең әййемги байрамлардан есапланады. Тарийхый мағлыўматларға көре, бул байрам 3 мың жылдан артық тарийхқа ийе.Атап айтқанда, Наўрыз ҳаққында «Авесто» дa көклем гиялары көгерип, тереклер бүртик

20 Mar 12:50
 
21
0
postda.uz

HAMISHA BOR BO‘L, ONA TILIM!

Millat qayg‘usiMillatning ma’naviy boyligi bo‘lgan til nafaqat muomala vositasi, balki uning madaniyati, urf-odati, turmush tarzi, tarixidir. Boshqa millatlar­ning tillariga hurmat esa o‘z navbatida o‘zaro tushunishga, muloqotlarga imkoniyat yaratadi. Ona tilning saqlanib qolishi uchun qayg‘urish millat kelajagi uchun qayg‘urish, demakdir. Afsuski, bugungi kunda ona tili­mizning qadrini tushirayotgan, uni buzib, sheva va lahjalarni o‘rinsiz qo‘llayotganlar ham yo‘q emas. Bo