Руӯхый-ағартыӯшылық сабағы
(27-март Халық аралық театр күни)
Teaтр бизиң эрамызға шекемги V әсирде Грецияда пайда болған. Оның сап тамаша түринде көриниси дәслеп әййемги Шығыста жүз берген. Ҳиндистан, Орайлық Азия, Қытай, Индонезия, Япония, Корея, Бирма, Вьетнамда театр тамашалары ҳәр түрли көринислерде болған.
Театр көркем өнериниң түрлери көп. Олар-драма театры, опера, балет, музыкалы драма, музыкалы комедия, оперетта, жас тамашагөйлер театры, қуӯыршақ театры, радио театр, телевизион театр, эстрадалық театр, майдан театры. Театр дөретпелериниң тийкарғы жанрлары: драма, трагедия, комедия. 1576-жылда актёр Жеймс Бербидж сахна көринислери ушын арналған биринши имаратты қурған. Ол әпиӯайы «театр» деп аталған. Көп өтпей басқа театрлар қурылды, олар арасында «Глобус» театры да болып, ол жерде Шекспирдиң көплеген пьесалары сахналастырылған.
Тамашагөйлер сахнаның алды ямаса әтирапындағы шуқырда тик турған ямаса кабиналарда отырған. Бизиң заманагөй театрларымыз сол дәслепки театрлардан келип шыққан. Әсиресе, Римде театрлардың жаңа форма ҳәм түрлери жаратылды. Батыс Европада театр көркем-өнериниң дәслепки үлгилери саяхатшы актёрлар, жонглёрлар дөретиӯшилигинде, Россияда скоморохлар хызметинде жүзеге келген.
Ояныӯ дәӯиринде жүзеге келген драма жаңа формадағы профессионал түрдиң қәлиплесиӯине тийкар жаратты. XVI әсирден опера, XVIII әсир орталарынан балет, XIX әсир орталарынан оператта ғәрезсиз театр түри сыпатында раӯажлана баслады. Театрдың кейинги раӯажланыӯы классицизмниң кең тарқалыӯы менен байланыслы.
XVIII әсирде ағартыӯшылық ағымындағы театр кең раӯажланды. Әйне сол дәӯирде ол идеялық ҳәм көркем өнердиң гүреслер майданына айланды. Әмир Темур мәмлекети дәӯиринде театр көркем-өнеринде кескин раӯажланыӯ жүз берди. Шарафуддин Али Яздий, Ибн Арабшах, Клавихолардың мағлыӯматларына қарағанда, бул дәӯирде пайтахт Самарқанд ҳәм басқа да абырайлы қалаларда театрластырылған тамашалар шөлкемлестирилген. Дәстүрий театр ҳәм басқа көркем-өнер тамашалары, әсиресе Мырза Улуғбек дәӯиринде Мавереннахрда, Хусайн Байқара дәӯиринде Хорасанда раӯажланды.
Театр ҳәр бир дәӯирде, турмыслық сабақлар беретуғын жанлы қурал есапланған. Инсан мәнаӯиятының раӯажланыӯнда да оның орны айырықша. Ағартыӯшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудий «Театр бул-ибадатханадур» деп бийкарға айтпаған. Ҳақыйқатында да, театр ибрат ҳәм мәнаӯият орайы. Жасларымыздың мәнаӯиятын арттырыӯ, оларда ӯатансүйиӯшилик сезимин қәлиплестириӯ ҳам бос ӯақытларын мазмунлы шөлкемлестириӯде де оның салмақлы орны бар.
Яғный, ол инсанға турмыслық сабақ береди. Сонлықтан, орынларда жасларды театрларға көбирек тартыӯ, заман қаҳарманлары образы сәӯлеленген спектакллерди көбирек жаратыӯ, қалаберсе, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың аянышлы ақыбетлерин келешегимиз ийелерине сахна шығармалары арқалы жеткериӯге айырықша итибар қаратылмақта. Себеби, барлық жаслар да нызамшылық нормаларын оқыӯ ямаса еситиӯ менен қайсыдур нызамсыз ҳәрекеттиң мәнисин терең аңламаӯы мүмкин.
Бирақ, реал ӯақыяларға тийкарланған спектакллерде алдыға қойылған идеялар тек ғана жаслар емес, ал үлкенлердиң де кеӯил түбине жетип барады. Беҳбудийдиң пикиринше, ағартыӯшылық ушын тек ғана мектеп жеткиликли емес. Миллет ушын айна керек, онда өзиниң сумлығын да, сулыӯлығын да көре алсын. Мине, усы ҳақыйқатлық оны театр шөлкемлестириӯге, олар ушын шығармалар дөретиӯге ийтермелейди. Өзбек драматургиясының дәслепки үлгилеринен бири есапланған «Падаркуш» шығармасы сол себепли жүзеге келген.
Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин театрымыз турмысында да жаңа дәӯир басланды. Ғәрезсизлик себепли миллий мийрасқа сүйенип дөретиӯшилик етиӯ, миллий қәдириятлар, дәстүрлерди тиклеӯге умтылыӯ айрықша түс алды. Бул дәӯирде өзбек театрында алдыңғы тенденциялар, дөретиӯшилик излениӯлер көзге тасланады. Мәселен, театрдың репертуарында тарийхый теманың салмағы артты. Уллы ата-бабаларымыз-ойшыллар, шайырлар, мәмлекетлик ғайраткерлер, әскербасшылардың өмири ҳәм раӯажланыӯ ушын гүресин сәӯлелендиретуғын онлаған сахналық шығармалар жаратылды. Сахналарда совет дәӯиринде ҳәттеки тилге алыӯ қадаған етилген Бахауаддин Нақшбанд, Ҳәким Ат-Термизий, Имам Ал-Бухарий сыяқлы ойшыллардың өмирин сәӯлелендириӯши сахналық шығармалар жүзеге келип, дәӯиримиздиң тамашагөйлериниң руӯхый дүньясын байытып, тарийхқа болған көз-қарасын өзгертти.
Әсиресе, Әмир Темур ҳәм темурийлер ҳаққында жаратылған 20 ға жақын сахна шығармалары руӯхый ҳәм мәдений турмысымызда үлкен ӯақыя болды. Өзбекстанда өткерилген «Шығыс ҳәм Батыс» театр өнери фестивалы, «Хумо» халық аралық жаслар театрлары фестивалы, «Наӯрыз», «Әндижан бәҳәри» республика театр фестиваллары, қуӯыршақ театр фестиваллары театр өнериниң жаңа социаллық шараятта раӯажланыӯында әҳмийетли роль ойнамақта. Өзбек театр жәмәәтлери дүньядағы бир қатар мәмлекетлерде дөретиӯшилик сапарларда болып, өзбек Театр өнериниң жетискенликлерин көрсетпекте.
Жуӯмақ орынында айтыӯ керек, театр ҳәр бир инсанға турмыслық сабақлар беретуғын жанлы қурал. Театрдан мәдений дем алыӯ ушын ғана емес, ондағы қойылып атырған спектакллерди тамаша етиӯ, инсан жәмийетиндеги ӯақыялар, кеширмелерди терең аңлаӯ мүмкин. Жеделлик пенен раӯажланып атырған техника ҳәм инновациялар заманында қәлеген кино, сериал яки спектакльди социаллық тармақлар арқалы тамаша етиӯ мүмкин. Бирақ, театрға барып, сахна шығармасы руӯхын, онда жәмленген идеялар нәпесин сезип жанлы тамаша етиӯдиң заӯқы да, руӯхый пайдасы да өз алдына. Себеби, театр-тәрбия орайы, мәнаӯият ошағы есапланады.
Аброр ПОЁНОВ,
өз хабаршымыз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
Prezident IV Xalqaro baxshichilik sanʼati festivali ishtirokchilariga tabrik yoʻlladi
Hurmatli festival qatnashchilari, muhtaram mehmonlar!Avvalo, siz, azizlarni ochiq osmon ostidagi betakror muzey shahar ' qadimiy Xivada o'tkazilayotgan IV Xalqaro baxshichilik san'ati festivalining ochilishi bilan chin qalbimdan muborakbod etaman.Bugungi san'at bayramida ishtirok etayotgan nufuzli xalqaro tashkilotlar va qardosh mamlakatlar vakillariga, dunyoning qirqdan ziyod mamlakatidan kelgan xalq ijodiyoti namoyandalari, atoqli madaniyat va san'at arboblariga samimiy tashakkurim, yuksak hur
Taniqli bastakor Dilorom Omonullayeva 66 yoshida vafot etdi
Oʻzbekistonda xizmat koʻrsatgan madaniyat xodimi, Oʻzbekiston sanʼat arbobi, taniqli kompozitor hamda professor Dilorom Omonullayeva 66 yoshida vafot etdi. Bu haqda Madaniyat vazirligi axborot xizmati'xabar berdi.Dilorom Omonullayeva 1959-yil 1-oktyabrda Toshkentda musiqachilar oilasida tugʻilgan. U 1990-1993-yillarda konservatoriyada 'Bastakorlik va cholgʻulashtirish kafedrasi'da oʻqituvchi boʻlib ishlagan.Omonullayeva ijodiy faoliyati davomida 300 dan ortiq musiqiy asarlar yaratgan. Un
Oʻzbekiston va Rossiya oʻrtasidagi madaniy hamkorlik mustahkamlanmoqda - Fotoreportaj
Bugun 'Rossiya madaniyat kunlari' doirasida Oʻzbekiston Respublikasi va Rossiya Federatsiyasi oʻrtasidagi Iqtisodiy hamkorlik boʻyicha Hukumatlararo komissiyaning Madaniyat boʻyicha quyi komissiyasining beshinchi majlisi boʻlib oʻtdi.Unda Oʻzbekiston Respublikasi madaniyat vaziri Ozodbek Nazarbekov hamda Rossiya Federatsiyasi madaniyat vaziri Olga Lyubimova ishtirok etdi. Tomonlar madaniyat sohasidagi hamkorlik holati va uning istiqbollari yuzasidan fikr almashib, oʻzaro ishonch, bagʻri
Xivada oʻtkazilgan baxshilar bahsi yakunlandi. Gʻolib va sovrindorlar maʼlum
Bugun, 28-aprel kuni Xiva shahrida oʻtkazilayotgan IV Xalqaro baxshichilik sanʼati festivalining tantanali yopilish marosimi boʻlib oʻtdi. 26-aprel sanasida start olgan mazkur festivalda mahalliy hamda xalqaro ishtirokchilar qatnashdi. Baxshilar bahslari Ichan qalʼa majmuasida joylashgan badiiy sahnada oʻtkazildi.Mazkur festivalda dunyoning 40 dan ortiq mamlakatlaridan hamda Oʻzbekistondan tashrif buyurgan 200 ga yaqin baxshilar ishtirok etishdi. Uch kun davom etgan mazkur tadbir dunyonin