Руӯхый-ағартыӯшылық сабағы
Пүткил дүнья мәмлекетлери қатары, мәмлекетимиздиң де «жасыл» экономикаға өтиӯ мәселеси ең әҳмийетли турмыслық зәрүрлик болып тур. Көпшилик ӯатанласларымыз «жасыл» экономика дегенде тек ғана энергетика тараӯын реформалаӯдан ибарат деп есаплайды. Бундай алып қарағанда оның ишине таза ишимлик суӯ машқалалары, азық-аӯқат қәӯипсизлиги, аӯыл хожалығындағы инновациялар, экологиялық турақлы қалалар, шығындыларды ақылға муӯапық басқарыӯ, тоғай аймақларын кеңейтиӯ, шөлистанлықты қысқартыӯ сыяқлы көп қырлы ҳәм кең түрдеги ис-илажлар да киреди.
Жәҳән тәжирийбесинен мәлим болғанындай, экономиканың түрли тармақларында «жасыл» технологияларды енгизиӯ халықтың абаданлығына унамлы тәсир көрсетеди. Буның нәтийжесинде қалаларда жасаӯ қолайласады, балалар өлими қысқарады, орташа өмир көриӯ даӯамлылығы узаяды. Латын Америкасы ҳәм Африканың айырым аймақларында болса ҳәтте сыртқы миграция ағымлары қысқарып, инсан капиталының раӯажланыӯы гүзетилген.
Инсан жумысының тәбиятқа тәсир дәрежесин сәӯлелендириӯши көрсеткиш-«экологиялық из» инсан раӯажланыӯын белгилеп бериӯши объектлерди жаратыӯ, инсан пайдаланыӯы ушын зәрүр болған өнимлерди ислеп шығарыӯ мақсетинде қаншелли көп муғдарда өнимдар жер ҳәм таза ишимлик суӯынан пайдаланып атырғанымыз ҳәмде шығындылар пайда етип атырғанымызды көрсетеди. «Жасыл» экономика өзине тән экономикалық модель сыпатында усы талапларға жуӯап бериӯге қаратылған. Тәбият пенен бир болып жумыс алып барыӯ, ресурслардан турақлы ҳәм нәтийжели пайдаланыӯ, энергия дәреклерине тийисли машқалаларды шешиӯ ҳәм экологиялық қәӯиплерди минималластырыӯ-булардың барлығы «жасыл» экономиканың тийкарғы мақсетлери болып, олар турақлы раӯажланыӯға ерисиӯ ушын зәрүр шәрт-шараятлар жаратыӯға жәрдем береди.
Соны айрықша атап өтиӯ керек, Өзбекстан БМШның Турақлы раӯажланыӯ мақсетлери ҳәм Климат бойынша Париж питимине де қосылған. Ҳәр еки ҳүжжет миллий ҳүкиметлерге «жасыл раӯажланыӯ» талапларын орынлаӯ мәжбүриятын жүклейди. Демек, бул ертеме-кешпе, «жасыл» экономикаға бәрибир өтиӯимиз кереклигин аңлатады.
Мәмлекетимиз басшысының ел-журтымыздың ой-пикирлери, қәлеӯин ҳәр тәреплеме үйренип, билдирилген усыныслардан келип шыққан ҳалда, бул бағдардағы жумысларды жаңа, және де жоқары басқышқа көтериӯ мақсетинде 2025-жылды елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәриялаӯды усынды. Президентимиздиң «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыӯға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында» ғы пәрманы қабыл етилди ҳәм бир қатар ӯазыйпалар белгилеп берилди.
Усы пәрманға көре, қоршаған әтирапқа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II тайпаларға киретуғын кәрханалардың экологиялық ислеп шығарыўға өтиўдеги ҳәрекетлерин хошаметлеў мақсетинде 2025–жыл 1-августтан баслап төмендеги тәртип енгизилиўи нәзерде тутылды:
биринши басқышта-атмосфера ҳаўасы патасланыўы фон мониторинги станцияларын орнатқан кәрханаларға:
тәбиятқа зыян жеткериў бойынша компенсация төлемлеринен қәлиплескен қарыздарлықтан ўаз кешиў;
тәбиятқа зыян жеткизиў бойынша республика бюджетине бағдарланатуғын компенсация төлемлериниң 50 процентине шекемги бөлегин еки жыл даўамында қайтарыў;
екинши басқышта-мониторинг станцияларын орнатқан кәрхана келеси бир жыл даўамында шаң-газ ҳәм локал суў тазалаў үскенелерин орнатқанда, тәбиятқа зыян жеткизиў бойынша республика бюджетине бағдарланатуғын компенсация төлемлериниң 70 процентине шекемги бөлегин еки жыл даўамында қайтарыў белгиленген.
Бунда усы бәнтте нәзерде тутылған жеңилликлер мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги тәрепинен берилетуғын жуўмақ тийкарында усынылады.
2025–жыл 1-ноябрге шекем Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги тәрепинен хожалық жүргизиўши кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен жеткизилген экологиялық зыянларды мәжбүрий қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылады.
Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрлик ҳәм мәкеме басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленген. Сондай-ақ, пәрман орынланыўын турақлы рәўиште додалаў, орынланыўы ушын жуўапкер шөлкемлер жумысын муўапықластырыў ҳәм бақлаў «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша Республика комиссиясы жуўапкершилигине жүклетилген. Әмелге асырылған ис-илажлар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мағлыўмат киргизип барылыўы белгиленген.
«Жасыл» экономика инновациялық ҳәм экологиялық тазалыққа тийкарланған модель есапланады, себеби ол энергия ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыў процесслерин иске салады. Бул ислеп шығарыў процесслеринде шийки зат ҳәм энергия сарыпланыўын кемейтиў арқалы финанслық жақтан пайда бериўи де мүмкин. Өзбекстанның энергетика сиясатында энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бағдарлар нәзерде тутылған. Қаржыландырыў тараўында «жасыл» қаржыландырыў концепциясы енгизилди ҳәм бул мәмлекеттиң «жасыл» экономикаға өтиў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды. «Жасыл» экономикаға бағдарланған инвестиция муғдары да жедел пәтлер менен көбейип бармақта.
«Жасыл» экономика концепциясының мақсети-турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў ҳәм инвестициялар жеделлигин асырыў менен бир ўақытта, қоршаған орталық ҳәм социаллық интеграция сыпатын жақсылаў есапланады. Бул тәбиятқа зыян жеткизбестен ҳәм келешек әўладлар ушын турақлы орталықты сақлап қалыўға қаратылған экономикалық системаны жаратыўдан ибарат.
Президентимиз атап өткениндей, мәмлекетимизде ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм путалар егилип, жасыллық көлемин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткизиў мақсети белгиленген. Атап айтқанда, экологиялық жағдай ең аўыр болған Арал бойында жасыл қаплама көлеми 2 миллион гектардан асты.
Елимизде қуяш энергиясы тараўында инвестициялар анық динамика менен өспекте. Мәселен, Наманган ўәлаяты қуяш станциясы ҳәм Ташкент ўәлаятында қуяш панеллери жойбарлары әмелге асырылған. Бундай жойбарлар мәмлекетимизде энергия нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм углерод эмиссиясын кемейтиўге қаратылған әҳмийетли қәдемлерден есапланады. Шығындыларды қайта ислеў ҳәм жағыў бойынша жумыслардың және де раўажланыўы талап етиледи.
Мәмлекетимизде энергетика секторындағы реформалар, тикленетуғын энергия дәреклерине қаржылар киргизиў, қуяш ҳәм самал энергиясын жедел енгизиў, климат өзгерислерине қарсы гүресиў ушын халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў–булардың бәршеси журтымыз экономикасын экологиялық жақтан тазалаў ҳәм узақ мүддетке турақластырыў ушын қойылып атырған әҳмийетли стратегиялық қәдем есапланады.
Жуўмақ ретинде айтыў мүмкин, республикамыздың «жасыл» экономикаға өтиў барысы ең әҳмийетли социаллық ҳәм сиясий машқалаларды шешиўге қаратылған алдыңғы басламалар менен қоллап–қуўатланбақта. Оны әмелиятқа енгизиў мәмлекетимиздиң экологиялық қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын тәмийинлеў, тәбийғый ресурсларды тежеў имканиятын бериў менен бир қатарда, экономика ҳәм социаллық тараўлардың раўажланыўында, бул болса халықымыз абаданлығының және де артыўында айрықша әҳмийетке ийе.
Сарвар СОБИРОВ,
өз хабаршымыз.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ
Qur’oni karim qo‘lyozmalarining xronologik tadriji yaratiladi
Markaz katta ilmiy xodimi Abdulaziz Mansur va Islom dini merosini saqlash bo'limi boshlig'i Mirzo Kenjabek xorij fondlarida saqlanayotgan Qur'oni karim qo'lyozmalarini davrlashtirish haqida fikr bildirishdi. Ular har bir qo'lyozmaning tarixiy ahamiyati, xattotlik namunalari va qog'oz turlari davrga bog'liq ravishda farq qilishini ta'kidlashdi.Shuningdek, muhokama doirasida 91 ta Qur'on qo'lyozmasi ko'rib chiqildi. Keyingi bosqichda yana 180 ta qo'lyozma o'rganilishi va asl nusxalarga tayangan ho
АҲДИДАН ҚАЙТМАГАН «НОРТОЙ»
Ўзбекистонда биринчи фильм 1897 йил «Эски жўва» майдонида кўрсатилган. 1936 йилдан «Ўзбекфильм» киностудиясининг ташкил топиши ўзбек кино санъати ривожини бошлаб берди. Ўзбек халқи орасидан театр ва кино санъатига ихлосманд ёшлар етишиб чиқа бошлади. Ана шундай ижодкорлард
САХНА – ӨМИР АЙНАСЫ
Руӯхый-ағартыӯшылық сабағы(27-март Халық аралық театр күни)Teaтр бизиң эрамызға шекемги V әсирде Грецияда пайда болған. Оның сап тамаша түринде көриниси дәслеп әййемги Шығыста жүз берген. Ҳиндистан, Орайлық Азия, Қытай, Индонезия, Япония, Корея, Бирма, Вьетнамда театр тамаш
“Buyuk ajdodlar merosiga oid tadqiqotlar bibliografiyasi” ilmiy platformasi yaratiladi
Hozirda Markazning ilmiy ekspertlari tomonidan 'O'zbekistondagi Islom sivilizatsiyasi markazi kutubxonasi nodir manbalar fondi' elektron platformasini yaratish ustida ish olib borilmoqda. Unga ko'ra, shu kunga qadar jamlangan 7 000 dan ortiq nodir asarlarning elektron shakli yaratiladi.Kutubxona negizida 'Buyuk ajdodlar merosiga oid tadqiqotlar bibliografiyasi' elektron platformasi ham tashkil etiladi. Unda O'zbekiston tarixi va buyuk ajdodlar faoliyati bilan bog'liq, dunyoda chop etilgan tadqiq