8 март – Халық аралық ҳаял-қызлар күни.
Биз еркин ҳәм абат, демократиялық, дүньяға ашық мәмлекетти дүзиӯде пүткил халқымыз қатары ҳаял-қызларымыз да үлкен үлес қосып киятырғанлығын әлбетте, жоқары қәдирлеймиз. …Шаңарақ тиреги, жәмийет үстини болған аналарымыз, ҳаялларымыз өмирден разы , пүткил халқымыз турмыстан разы болады
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ҳаял-нәзик жан. Меҳир-муҳаббат, садықлық ҳәм пидайылық тымсалы. Елимизде ҳаяллар әзелден қәдирленип, ҳәмийше ардақлап-абайлап келинген. Себеби, ҳәр қандай жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қайсы дәрежеде халықшыл ҳәм әдалатлы екенлиги оның ҳаял-қызларға болған мүнәсибети, ғамқорлығы менен белгиленеди.
Ҳаял-қызлардың аӯырын жеңиллетиӯ, ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаӯ, бәнтлигин тәмийинлеӯ, апа-қарындасларымыз ортасында исбилерменлик орталығын күшейтиӯ соңғы жылларда мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларынан бирине айланды.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз халқының дерлик ярымын қурайтуғын ҳаяллардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеӯ, олардың жәмийеттеги орны ҳәм абыройын асырыӯ, бәнтлигин тәмийинлеӯ, талантын ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыӯ, гендер теңликке ерисиӯ мәмлекет сиясатының баслы жөнелиси сыпатында белгиленип, бул бойынша жумыслар изшил әмелге асырып келинбекте. Ең әӯеле, ҳаял-қызларды барлық тараӯларда қоллап-қуӯатлаӯға қаратылған ҳуқықый база жаратылды. Атап айтқанда, ҳаяллар ҳуқықлары қорғалыӯын түп-тийкарынан күшейтиӯ, олардың турмыс шараятын жақсылаӯ, тәлим алыӯы ҳәм потенциалын жүзеге шығарыӯы ушын кең имканият жаратыӯға қаратылған 4 нызам, мәмлекетимиз басшысының 10 ға жақын пәрман ҳәм қарарлары, Министрлер Кабинетиниң 14 қарары қабыл етилди. Қатар халық аралық ҳүжжетлер ратификация етилип, миллий нызамшылығымыз тийкарлары жетилистирилди. Жаңаланған Конституциямызда болса ҳаял-қызлар ҳам еркеклердиң тең ҳуқықлығы, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклерге мәмлекетлик жумысларды басқарыӯда, сондай-ақ, жәмийет ҳәм басқарыӯының басқа тараӯларында тең ҳуқық ҳәм имканиятлар тәмийинлениӯи белгилеп қойылды.
Усы сыяқлы, ҳаял-қызлардың сиясий турмысындағы белсендилигин арттырыӯға итибар қаратылып, Сайлаӯ кодексине депутатлыққа кандидатлар көрсетилип атырғанда ҳаяллар санының ең кем муғдарын кандидатлар санының улыӯма санының 30 процентинен 40 процентке арттырыӯды нәзерде тутыӯшы өзгерислер киргизилгени де итибарға ылайық.
Соңғы жылларда ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениӯ ҳәм шешиӯге қаратылған жумыслар жаңа басқышқа көтерилди. Бир ғана «Ҳаяллар дәптери» бойынша үлкен қаржылар ажыратылып, мыңлап ҳаял-қызларды қыйнап киятырған машқалалар сапластырылмақта. Мыңлап апа-қарындасларымыз мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлер ҳәм исбилерменликке оқытылмақта.
Халқымыз әзелден қызларға, аналарға миллет тәрбияшылары сыпатында айрықша итибар қаратып келген. Ағартыӯшы бабаларымыз бийкарға «Аналарды оқытсақ, миллетти оқытқан боламыз» деген пикир менен өзбек хаялларын билимли, илимли болыӯы жолында жан күйдирмеген. Ҳәзирги күнде де болажақ аналарымыз болған қызлаырмыздың жоқары тәлим алыӯы, заманагөй кәсип-өнер ҳәм технологияларды, шет тиллерин үйрениӯине үлкен әҳмийет берилмекте. Басқаша айтқанда, билим аламан, кәсип-өнер ийелеймен, илим-пән менен шуғылланаман, деген ҳаял-қызлар ушын кең имканиятлар бар. Оларға арнаӯлы квоталар ажыратылған, шәртнама төлемлери мәмлекет бюджетинен қапланып, жеңиллетилген кредитлер берилмекте. Сөзимизге дәлил ретинде айтар болсақ, 2022-жылдан баслап жоқары билимлендириӯдиң магистратура басқышында оқып атырған студент қызлардың шәртнама төлемлери ушын ҳәр жылы 200 млрд. сум қаржы ажыратылмақта.
Бундай ғамқорлық қызларымызда билим алыӯға болған хошамет, келешекте өзиниң мүнәсип орнын табыӯға болған умтылысларын күшейтпекте. Егер, буннан 6 жыл алдын жоқары билимлендириӯ мәкемелеринде 110 мың ҳаял-қызлар билим алған болса, ҳәзирги ӯақытта булл цифра дерлик 5 есеге көбейди. Бул мисли көрилмеген нәтийже, әлбетте. Қалаберсе, ақырғы жети жылда 5 мыңнан артық ҳаял-қызлар пән докторы (DSc) ҳәм өз тараӯлары бойынша философия доктори (PhD) илимий дәрежесин табыслы қорғағаны қуӯаныщлы жағдай.
Улыӯма алғанда, ҳәзирги ӯақытта ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий процесслерде қатнасы кеңейип, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыӯындағы орны ҳәм роли барған сайын артып бармақта. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың мәмлекет басқарыӯындағы үлеси 2017-жылдағы 27 проценттен 35 процентке жеткени, жүдә әҳмийетли. Парламент жумысында болса олардың үлеси 32 процентке жетти. Бул Бирлескен Миллетлер Шөлкеми усынысларына толық сай келеди. Соның менен бирге, соңғы бес жыл ишинде елимизде исбилермен ҳаяллар саны еки есе көбейип, өз бизнесин жолға қойған исбилермен ҳаял-қызлар саны 205 мыңнан асты.
Басқа көплеген тараӯлар сыяқлы, мәмлекетимиз ишки ислер органларында да көплеген пидайы ҳаял-қызлар хызмет етпекте. Олар арасында ел тынышлығы ҳәм халықтың татыӯлығын тәмийинлеӯ жолындағы пидәкерлик хызметлери себепли мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған, түрли халықаралық спорт жарысларында, белгили көрик-таңлаӯларда жеңип шыққан, улыӯма алғанда, хызметте ҳәм турмыста үлкен жетискенликлерге ерисип атырғанлары жетерли. Еркеклер менен бир сапта турып хызмет етип атырған әйне усындай апа-қарындасларымыз менен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.
Қулласы, бүгин фермерлик ҳәрекети дейсизбе яки бизнес, илим-пән, медицина, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем-өнер тараӯларын аласызба, бирде-бирин ҳаялларсыз көз алдымызға келтирип болмайды.
Қуӯанышлысы, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуӯатлаӯ, олардың жәмийеттеги роли ҳәм абыройын асырыӯ бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар халық аралық көлемде кең түрде атап өтилмекте. Мәселен, Жәҳән банкиниң өткен жылы жәрияланған «Ҳаяллар, бизнес ҳәм нызам» атлы жыллық есабатында Өзбекстан гендер теңлик бойынша дүньядағы ең тез раӯажланып атырған 5 мәмлекет қатарында көрсетилди. 190 мәмлекеттеги ҳалат 10 көрсеткиш бойынша баҳаланған бул индексте мәмлекетимизде, әсиресе мийнет мүнәсибетлери ҳәм шаңарақтағы зорлыққа қарсы гүресиӯ тараӯында әмелге асырылған реформалар табыслы деп табылған.
Түрли тараӯ ҳам тармақларда пидәкерлик хызмет етип атырған ҳаяллардың мийнетин мүнәсип қәдирлеӯ мәмлекетимиздиң турақлы итибарында. Ғәрезсизлик жылларында Ӯатанымыз ҳәм халқымыз алдындағы мүнәсип хызметлери ушын ҳаяллардан 17 си ең жоқары сыйлық «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланды. Қалаберсе, 11 ҳаял-қыз пән тараӯындағы ең жоқары дәрежеге, яғный, академик дәрежесине сазаӯар болғаны, мыңлап ҳаял-қызларымыз мәмлекетимиздиң ҳүрмет дәрежелери, орден ҳәм медаллары менен сыйлықланғаны ел-журтымыздың оларға болған жоқары сый-итибары сыпатында баҳалаӯ орынлы. Себеби, Президентимиз сөзи менен айтқанда, «Қәдир ҳаялдан басланса, қәдиримиз және де жоқары болады!»
Камол ОЛЛОЁРОВ,
өз хабаршымыз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
Jinlar bazmi
10-aprel ' Abdulla Qodiriy tavallud topgan kun(hikoya)Otam bu hikoyasini boshlagan vaqtda mening vujudimni qoʻrquv oʻrab olar edi-da, ichimdan: 'Meni ham shunday jinlarga yoʻliqtirma', deb tangriga yolborib qoʻyar edim.Kecha xolam bizning uyga mehmon boʻlib kelgan edi. Kechasi oshdan keyin otam, oyim, xolam uchovlari choy ichishib oʻltirar va oʻtgan-ketgandan soʻzlashar edilar. Soʻz aylanib kelib yana oʻsha jinlar, parilar, devlar toʻgʻrisida toʻxtadi. Otam boʻlsa oʻzi koʻrgan 'j
NAHOTKI, TO‘G‘RI O‘G‘RIGA SHERIK BO‘LSA...
Ona tilim – jon-u dilimYaqinda Germaniyada yashayotgan qizinikida bir muddat mehmon bo‘lib kelgan akamizdan safar taassurotlarini so‘raganimizda shunday dedi:– Nemis o‘qituvchilari hayot tarzi haqida gapirar ekan, ular chetdan borib ishlayotganlarga: «Sizlar farzandlaringiz bilan uyda bemalol o‘z tilingizda gaplashavering, ammo nemis tilini bolangizga biz, o‘zimiz o‘rgatamiz», – der ekan. Avvaliga hayron bo‘ldik, deydi qizim. Keyin buning sababi nimada, deb so‘rabdi.«Siz
Uvol qilingan meros yoxud Samarqandda 3 ta tarixiy masjid buzib tashlandi
Samarqand viloyatida XIX ' XX asrlarga oid 3 ta tarixiy masjid binolari buzib tashlangani maʼlum boʻldi. Bu haqda Bosh prokuratura matbuot xizmati'xabar berdi.Qayd etilishicha, Prokuratura organlari tomonidan Madaniy meros agentligi bilan hamkorlikda oʻtkazilgan nazorat tadbirlari davomida Samarqand viloyatida XIX ' XX asrlarga oid 3 ta tarixiy masjid binolari buzib tashlangani hamda 1 tasi tegishli ruxsatsiz taʼmirlangani oqibatida yodgorliklarga jami 46,8 milliard soʻmlik zarar yetkazilga
Bu yil “Xalqaro baxshichilik san’ati festivali” o‘tkaziladi
O'zbek milliy baxshichilik va dostonchilik san'atini asrab-avaylash va rivojlantirish, uni keng targ'ib qilish maqsadida 2019-yildan buyon yurtimizda 'Xalqaro baxshichilik san'ati festivali' o'tkazilib kelinmoqda.Festival ilk marotaba 2019-yilda Surxondaryo viloyatida o'tkazilgan, shuningdek, 2021-yilda Qoraqalpog'iston Respublikasida, 2023-yilda esa Sirdaryo viloyatida o'tkazildi.Ma'lumot uchun, ushbu xalqaro festival joriy yilda ham o'tkazilishi rejalashtirilgan.